ВАДИМ НИКОЛАЕВИЧ ЯГОДИННИҢ ҚУБЛА АРАЛ БОЙЫ ХАЛЫҚЛАРЫНЫҢ ЖЕРЛЕЎ ҮРП ДӘСТҮРЛЕРИН ИЗЕРТЛЕЎЛЕРИ
Authors/Creators
Description
Мақалада В.Н.Ягодинниӊ археолог алым ретинде археологиялық изертлеў усыллары, оныӊ басшылығында 1970-1980 жыллары Үстирттиӊ Арал теңизи менен шегераласқан Дуана тумсығынан баслап, Ақтумсық, Үрге ҳәм оннан кейинги Айбүйир, Бернияз, Сумбетумер-алан ҳ.т.б. орынларда археологиялық қазыўлар нәтийжесинде әййемги, ерте орта әсир қорганларындағы жерлеў усылларын анықлағанлығы, отырықшы ҳәм көшпели халықлардың өз-ара қатнаслары мәселелериндеги орнын толықтыратуғын мағлыўматлар алғанлығы, Үстирт аймағында жасаған халықлардыӊ жерлеў үрп-әдет дәстүрлери ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берилген. Сондай-ақ, В.Н.Ягодин тәрепинен қорганлардағы жерлеў дәстүрлери қайсы динге тийисли екенлиги, және де қәбирлерде инвентарларды қосып жерлеў усыллары, қәбирлерде пайдаланған материаллар, олардыӊ Хорезм оазиси халықлары менен байланысы ҳаққында билдирилген бир неше мағлыўматларға анализ жасалған.