«ҚЫРЫҚ ҚЫЗ» ДӘСТАНЫ ҚАБЫЛ МАҚСЕТОВ ИЗЕРТЛЕЎЛЕРИНДЕ
Authors/Creators
Description
Орта Азияда жасаўшы түркий тиллес халықлар арасында қарақалпақлар өзине тән миллий руўхый мийрасы, мәденияты, фольклоры ҳәм этнографиясы менен өзгешеленеди. Қазақ илимпазы Ш. Уәлиханов қарақалпақларды «сахарадағы биринши шайырлар ҳәм бақсылар» деп атаса, рус илимпазы И. А. Беляев «Қарақалпақлар дала булбиллери» деп жоқары баҳалаған.
Дүнья халықлары менен теңлесе алатуғын бай көркем өнерине ийе қарақалпақлардың улыўма мәденияты, этнографиясы ҳәм тарийхына жәмийетшиликтиң болған қызығыўшылығы ерте дәўирлерден басланады. Бирақ халық аўызеки әдебиятын жыйнаў ҳәм басып шығарыў мәселелери тек XVII әсирдиң 40-жылларынан баслап көрине баслайды.
Сол дәўирлерде қарақалпақ фольклорын жыйнаў иси улыўма фольклортаныў тараўында турақлы ҳәм басқышпа-басқыш алып барылатуғын арнаўлы изертлеў объекти дәрежесине көтерилмеген еди. Соған қарамастан, шет елли илимпазлар Ш. Уәлиханов, Риза Қули Мирза, Н. Кара́зин, Х. Вамбери, Н. Муравьев, А. Е. Россикова, Ә. Диваев, А. Н. Самойлович ҳәм басқа да көплеген илимпазлар менен саяхатшылардың атқарған хызметлери айрықша әҳмийетке ийе болды. Олар қарақалпақ халқының аўызеки әдебиятын дәслепки жыйнаўшылар ҳәм оның қәдир-қымбаты ҳаққында баҳалы пикирлер билдирген изертлеўшилер болды.