Published January 28, 2023
| Version v1
Journal article
Open
ХХ ӘСИР БАСЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЗИЯЛЫЛАРЫНЫҢ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ҲӘМ АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ХЫЗМЕТИ
Authors/Creators
Description
Мақалада ХХ әсир басында билимлендириў тараўына үлес қосқан алдынғы зиялылар хызмети көрсетилген. Қарақалпақстанда жадидшилик ҳәрекетиниң қәлиплесиўиндеги тарийхый негизлер орын алған. Түркистан үлкесинде билимлендириў ҳәм ағартыў ислеринде жаңа усылда билим бериўдиң мақсети түсиндирилген. Республикамыз аймағындағы жаңа усыл мектеплерин шөлкемлестириўшилер ҳаққында сөз етиледи. Жадидлик ҳәрекетин қоллап қуўатлаўшы зиялылардың қарақалпақ әдебияты- мәденияты ҳәм көркем өнериндеги дөретиўшилик хызмети ҳаққында түсиник берилген.